Музеймиздиң бул бөлими музейге тийкар салынған биринши кунлерден ақ өз искерлигин жүритип келмекте. Дәслебинде бул бөлим бурынғы аўқам Илимлер Академиясының Этнография Институты, Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалы сондай ақ Хорезм археологиялық ҳәм этнографиялық экспедициясы тәрепинен табылған археологиялық табылмалар тийкарында қәлиплесе баслаған. Соңғылығында музейимиз хызметкерлери Хорезм археологиялық ҳәм этнографиялық экспедициясы менен биргеликте (1970-жылдан баслап 1990-жылға шекем) ислесип бул бөлим экспонатларының санын көбейте баслады. Ҳәзирде бул бөлимде Қубла Арал бойының палеолит дәўиринен раўажланған орта әсирге шекемги дәўирди өзине қамтыўшы табылмалар орын алған.
Әйемги Хорезм Орта Азияда жайласқан ең әжайып мәмлекет болып ол әйемги грек, парсы ҳәм қытай жазба дереклеринен бизге белгили. Бул мәмлекет Қубла арал бойының көшип жүриўши ҳәм бир жерде турақлы жасаўшы халықлардың араласыўы нәтийжесинде жүзеге келип, оның жайласыўы Әмиўдәрья, Үстирт тегислиги, Қарақум ҳәм Қызылқум саҳралары әтирапына туўыры келеди. Бул мәмлекеттиң дәслепки териториясы жүдә үлкен болып, ол өзине Арқа Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан, Арқа Түркменистан ҳәмде Қубла Қазақстанды қамтыған.
Әне усындай қүдретке ийе болған Әйемги Хорезм мәмлекети ҳәм оның гүллеп раўажланған дәўиринен көплеп әжайып тарыйхый, мәдений сондай ақ көркем-өнер үлгилери болған көплеп естеликлер бизге шекем жетип келген. Ең әҳемийетлиси бундай естеликлер Орта Азияның ҳеш бир жеринде гезлеспеўи жүдә таң қаларлы.
Әйемги Хорезм мәмлекети дәслебинде Персия империясы саналған Ахеменидлер қурамында болып, ол Орта Азияға Александр Македонскийдиң әскерий атланысы дәўирине келип толық бийғәрез мәмлекет болған. Александр Македонский сол Орта Азияға болған әскерий жүриси пайтында Хорезм мәмлекети хүкимдарына тынышлық питимин дүзиў ҳәм әскерий жақтан биригиў усынысы менен шығып жеке сөйлесиўлер алып барған.
Сондай ақ Әйемги Хорезм ең әйемги дүньяжүзлик дин болған зороастризм дининиң ўатаны саналып, бул диниң муқаддес китабы болған Авестода, әйемги Хорезм сол диниң ўәкили болған Ахурамазда тәрепинен тийкар салынған ең әжайып ҳәм белгили мәмлекет болып саналған.
Өткен әсирдиң 30-жылларына шекем, яғыный С.П.Толстовтың Археологиялық-этнографиялық изертлеў жумысларының басланыўына шекем, бул әйемги мәмлекет хаққында жүдә аз мағлыўматлар болған. Бирақ бул археологиялық экспедиция жумысларынан соң (мисли көрилмеген ашылыўлар нәтийжесинде) бул экспедиция тәрепинен ашылған жаңалықлар дүнья археология илиминде үлкен жетискенлик болды десек алжаспаған боламыз. С.П.Толстов тәрепинен әмелге асырылған бул археологиялық ашылыў нәтийжесинде алдын илимде ушыраспаған уникал раўажланыў ошағын ашып, бул илимий ашылыў Г.Шилман тәрепинен Трояның, сондай ақ А.Эванс тәрепинен Крит мәмлекетиниң ашылыўы менен теңлестириледи.
Әйемги Хорезмдеги өзиниң археологиялық әҳемийети жағынан ең бир көзге көринген Қой-қырылған естелиги б.э.ш IV әсирге тийисли болып, ол жерде Орта Азиядағы биринши обсерватория жайласқан ҳәм онда планеталар, қуяш системасы, сондай ақ аспан денелери илимий жақтан толық үйренилген. Және бир таң қаларлық археологиялық ашылыў бул Әйемги Хорезм турғынлары б.э.ш I мың-жыллықтың орталарынан баслап керамикалық трубалардан исленген суў канализацияларынан пайдаланғанлығы болып табылады.
Әйемги Хорезимниң және бир үлкен архелогиялық әҳемийетке ийе болған қаласы (қорғаны) бул Топрақ қала. Ол б.э. II-IV әсирлерине тийисли болып Хорезм хүкимдарларының резеденциясы болып есапланған. Бул қаланы қазыў жумыслары ҳәм оның нәтийжесине бола ол жерден 100 ден артығырақ болған өжирелер ҳәм ханалар табылған. Өзиниң қурылысы жағынан өғада өзгеше болған бул ханалардан сол дәўирге тийисли болған тарыйхый, мәдений ҳәм көркем¬-өнерге тийисли болған жүдә көплеген археологиялық табылмалар табылған. Үлкен көлемдеги ҳәм рельфли мүсүнлер, декоратив ҳәм сюжети жағынан бай болған ҳәр түрли реңдеги дийўалы сүўретлер, сондай ақ Кушан ханлығы дәўирине тийисли көплеген естеликлер буған дәлийл бола алады. Бул қаладан табылған археологиялық табылмалар бизге эллинистлик, ҳинд ҳәм сак-массагет қәўимлериниң өз-ара тәсири ҳәм уйғынласыўы нәтийжесинде пайда болған Гандхар стили ҳәм оның өзине тән өзгешелиги ҳаққында түсиник бериўши бай материалларды жеткерген десек қәтелеспеймиз
Әсирлер аса Хорезм мәмлекетшилиги өз басынан көплеген бүлгүншиликлерди өткерген. Булар араблардың бул мәмлекетти жаўлап алыўы, соңынан түрк қәўимлериниң тоқтаўсыз ҳүжимлери (Караханидлер, Селъджукийлер ҳ.т.б) ҳәм соның нәтийжесинде жүзеге келген бүлгиншиликке қарамастан Хорезм мәмлекети өзиниң бай дәстүрлерин сақлап қалып оны әдеўир раўажландырды. Хорезимниң гүллеп-жаснаўы ҳәм раўажланыўы б.э. XII-XIII әсирлерине туўыра келеди. Бул дәўирде күшли ҳәм қүдретли болған Хорезмшахлар мәмлекти өз ҳүкимдарлығын пүткил Орта Азия, Кавказарты, Иран ҳәм Афганистан мәмлекти үстинен орнатып, өз мәденияты ҳәм көркем-өнерин алдын көрилмеген оғада үлкен дәрежеге жеткерип оны ҳәр тәреплеме раўажландырды. Сол дәўирдиң көркем-өнери өзиниң бай мазмуны, сыртқы көриниси, безеклердеги өзине тән шешим, рельфли орнаментеги (безекдеги) реңлердиң кеңннен қоланылыўы менен түптен парықланып, сол дәўир мәденияты ҳәм көркем-өнериниң көп қырлы екенлигинен дерек береди. Бирақ тилекке қарсы ХIII-әсирдиң 20-жылларында бул гүллеп раўажланған Хорезм мәденияты ҳәм көркем-өнери монғол басқыншыларының аяўсыз шабаўыл ҳәм қырған бәле урысы нәтийжесинде күйип күлге айланды. Тек ғана арадан ярым әсир өткенен соң Хорезм мәденияты, көркем-өнери, турмыс тәрзи әсте ақырын өз изине түсе баслады. Нәтийжеде ўайран етилген ҳәм жоғалтылғын мәдений дәстүрлери қайта тикленип, бул жаңа жағыдайда раўажланыўын даўам етти. Әсирлер даўамында болып өткен түрли социаллық, экономикалық ҳәм тарийхый қубылысларға қарамастан Хорезм мәмлекетшилиги ХХ әсирдиң биринши шерегине шекем ҳүким сүрип өзиниң әйемги мәденияты ҳәм көркем-өнерин сақлап қалды.