Музей тараўының қəнийгелери ҳəм жəҳəн ғалаба хабар қуралларының баҳалаўына көре И.В. Савицкий атындағы Қарақалпақ Мəмлекетлик көркем-өнери музейи Орта Азиядағы ең атақлы музейлердиң бири. Пүткүл дүньяға белгили, сондай ақ дүньяның белгили ғалаба хабар қураллары тәрепинен «Қумлар ишиндеги дурдана», «Саҳрадағы Лувр» ҳәм «Дуньяның ең жақсы музейлериниң бири» деген тәрийпке ийе бизиң музейимиздиң ҳәзирги күндеги экспонатларының саны 100 мыңға шамалас. Музейимиздиң пайда болыў тарыйхы өзине тән өзгешеликке ийе болып, онда бизиң эрамыздан алдынғы III-әсирден тап ҳәзирги күнге шекемги болған халық мәденияты, көркем-өнери, этнографиялық предметлери ҳәм әсбап-үскенелериниң тарийхы көрсетилген. Музей экспозициясы Әйемги Хорезм көркем-өнери ҳәм мәденияты, Қарақалпақ халық көл өнери, Заманагөй Қарақалпақ сүўретлеў өнери, 1920-1930-жыллардағы Өзбек сүўретлеў көркем-өнери, сондай ақ 1920-1930-жыллардағы Россия сүўретлеў көркем-өнери бөлимлеринен ибарат.
Музейимиздиң тийкарын салыўшы Игорь Витальевич Савицкий 1915-жылдың 4-август күни Украинаның пайтахты Киев қаласында юристлер шаңарағында туўылған. 1920-жылларда ол семьясы менен Москва қаласына көшип келген. Бул жерде оның сүўрет салыўға болған қызығыўшылығы басланған. Москва қаласында жас Игорь сүўрет салыў бойынша москвалы белгили художниклерден жеке сабақлар алған. 1934-жылдан Москва Полиграфия институтының графика бөлиминде тәлим алыўды баслап, кейин ала өз оқыўын Москва сүўретлеў өнери билим журтында даўам етирген. Екинши дүнья жүзлик урыстан алдын (1941-жыл) И.В.Савицкий Суриков атындағы Москва Мәмлекетлик Сүўретлеў Өнери институтына оқыўға киреди. Ол наўқаслығы себепли армия хызметине тартылмаған ҳәм 1942-жылы институты менен Орта Азияның Самарқанд қаласына эвакуация қылынған.
Ол бул жерде биринши мәрте Орта Азия халықларының өзине тән ҳәм әжайып мәденияты менен танысып, белгили қыл қәлем ийелери болған Роберт Фальк ҳәм Константин Истоминнен сүўрет салыў сырларын қунт пенен үйренген.И.В.Савицкийдиң Орта Азияға деген қызығыўшылығы оны екинши дүнья жүзлик урыстан соң бул үлкеге, анығырағы Қарақалпақстанға және қайта оралыўына түртки болды. Музей тийкаршысы И.В.Савицкий Қарақалпақстанға биринши мәрте 1950-жылларда Сергей Павлович Толстов басшылығындағы Хорезм археологиялық ҳәм этнографиялық экспедицияның сүўретшиси (художниги) сыпатында келген. И.В.Савицкий Қарақалпақстанға келиўден ақ бул үлкениң гөззал ҳәм тәкрарланбас тәбияты, қарақалпақ халқының үрп-әдетлери сондай ақ бул халықтың жасаў тәризи менен терең қызығып қалған. Нәтийжеде бул инсан Қарақалпақ халқының әмелий көркем-өнер дурданаларын изертлеў, топлаў ҳәм оларды келешек әўлад ушын сақлап қалыўға бел байлады. Сол себепли ол Қарақалпақстанның көплеп аўылларында болып қарақалпақ халқының әмелий өнерин пуқталық ҳәм жалықпастан изертлеген.
Бул изертлеўлер даўамында ол жергиликли халықтың безениў буўымлары, миллий кийим-кеншеклери ҳәм күнделикли тутыныў буйымларын үлкен м嬬ҳир менен жыйнаған. Әне усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыўы барысында, ол бул халықтың әмелий көркем-өнериниң предметлери дерлик жоқ болыўға келгенлигин толық аңлаған. Оларды қәстерлеп сақлап қалыў ушын музейимиз тийкаршысы И.В.Савицкийде бул үлкеде халық әмелий көркем-өнери музейин шөлкемлестириў пикири пайда болады. Сол пайда болған пикирди әмелге асырыў мақсетинде И.В.Савицкий «көлеми ҳәм әҳмийети жағынан жүдә үлкен болған көркем-өнер» ушын гүрес баслап, 1966-жылдың 5-феврал күни Қарақалпақ халқының ең бир ири жетискенлиги болған усы музейди ашыўға миясар болды. Бул инсан көркем-өнерди жүдә қәдирлеўши, сондай ақ дөретиўшилиги жағынан оғада көп-қырлы азамат болған. Буған мысал оның сүўретлеў өнериниң живопись жанры менен шуғылланыўын атап өтсек болады. Қарақалпақ диярының тәбияты, бул үлкедеги әжайып әйемги ҳәм орта әсирлерге тийисли естеликлер сондай ақ олардың бояўлардағы өзине тән өзешелиги И.В.Савицкийди өзине ериксиз шайда етип, оны пейзаж жаратыўға илҳамландырды. Нәтийжеде бул илҳәм жемиси болған бир қанша көркем-өнер шығармалары дөрелди. Олар: «Қой қырылған қала», «Топырақ қала», «Аяз-қала» ҳ.т.б. Буларға қосымша музейимиз тийкаршысы тәрепинен сол дәўирдеги тез пәт пенен өсип бартырған Нөкис қаласы ҳәм оның дыққатқа итибарлы жерлери картинаға шеберлик пенен көширилген. («Министрлер Кеңеси.», «Қараағаш»). Форматы жағынан онша үлкен болмаған бул картиналар, монументал қәлипке (формаға) ийе болып, онда биз ашық реңлер ҳәм қуўаныш кейпиятының басымлығын сезинемиз.
Музей өз искерлигиниң дəслепки жылларында өзине керекли болған коллекцияларды қəлиплестириў ҳəм жыйнаўға қаратылған принциплерди анықластырып баслады. Себеби И.В.Савицкий музей ашылған күннен ақ өзиниң бар жигерин ҳәм билимин толығы менен музейге бағышлап, анық мақсет жолында ҳәрекетленди. Коллекцияларды жыйнаўда тийкарғы итибар музей тəрепинен қызығыўшылық билдирилген авторлардың дөретпелерин жыйнаўға, сондай ақ бул жумысларды имканы барынша тезлестириўге жөнелтирилген еди. Соның нəтийжесинде музей өз искерлигиниң дəслепки еки жылы ишинде мисли көрилмеген тез пəт пенен Өзбекистанлы жетекши художниклердиң мийнетлеринен ибарат оғада бай (бурынғы кеңес ҳүкимети тәрепинен тән алынбаған, соцреализм шынлығына қайшы келиўши көркем-өнер шығармалары) материалларды топлады. Соның арқасында 1968-жылы Москва қаласындағы «Шығыс халықларының көркем-өнери» музейде, музейимиздиң «1920-1930-жылларда Өзбекистанлы художниклердиң сүўретлеў өнери ҳəм графикасы» атлы биринши көргизбеси өткерилди. Бул көргизбе нəтийжесин талықлаўда А.Чегодаев, Д.Сарабьянов, В.Костин ҳəмде басқада белгили шығыстаныўшылар ҳəм сыншылар қатнасты. Музейдиң коллекцияларды топлаўдағы белсене искерлигине, И.В.Савицкийдиң жанкүйерлигине, сондай ақ коллекциялардың қысқа ўақыт ишинде топланыўына үлкен унамлы баҳа берилип, Нөкис теңсиз көркем-өнер ҳəм мəденият орайы деген атаққа ийе болды. Буннан тысқары жоқарыда аты аталған шығыстаныўшылар ҳəм сыншыллар умытылған мəденияттың қайта тиклениўиниң басланыўы деп те тəрийпленди.
Ҳәзирде бизиң музейимиз өзиндеги рус авангард картиналарының топламының саны ҳәм сапасы жағынан Россияның Санкт-Петербург қаласында жайласқан Рус музейинен кейинги екинши орында турыўшы музей деп танылған. Бул инсан өзиниң өмириниң ақырына шекем музей ушын керекли болған көркем-өнер шығармаларын излеп таўып музей коллекциясын байытты. Буған мысал 1984-жылы ол тәрепинен жыйналған еки вагон көркем-өнер шығармалары Москва қаласынан бизиң музейимизге келтирилди. Сол жылдан баслап музейимиз Қарақалпақ халқының көркем-өнерин сүйиўши, қәдирлеўши ҳәм оны раўажландырыўшы И.В.Савицкий аты менен аталмақта. Қарақалпақ халқының көркем-өнерин изертлеўши, жыйнаўшы ҳәм оны келешек әўладқа жеткерип бериўдей ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларды әмелге асырған И.В.Савицкийдиң мийнетлери мәмлекетимиз ҳүкимети тәрепинен жоқары баҳаланып ол өлиминен соң 2002-жылы «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды.
И.В.Савицкий музейге жергиликли халық пенен бирге шет елли мийманларда тез-тез келип турыўын әрман еткен еди. Бүгинги күнде оның әрманы толық әмелге асты. Өзбекистан Республикасы өз ғәресизлигин алғаннан соң музейге дүньяның көплеп мәмлекетлеринен мийманлар келе баслады. Олар Европа, ҒМДА, АҚШ, Австралия ҳәм басқада мәмлекетлер ўәкиллери болып есапланады. Буған қосымша музейимиз коллекцияларының көргизбелери дүньяның белгили мәмлекетлери болған Россия, Германия Федеративлик Республикасы, Италия, Голландия, АҚШ, ҳәм Австралия ҳ.т.б жерлерде көрсетилген. «Нөкис Музейи дослары клубы» ҳәзирде өз искерлигин алып барып, оның ағзалары дүньяның белгили шахслары болып есапланады. Дүньяның белгили ғалаба хабар қураллары өз мақалалары, еситириўлери ҳәм көрсетиўлерин бизиң музейимизге арнамақта. Музейимиз ЮНЕСКО тәрепинен шөлкемлестирилген «Хорезмниң алтын шеңбери» атлы туристлик жөнелис обеъекти қатарына киритилип, ең көп музей тамашагөйлери барыўшы музей сыпатында танылып 2011-жылы «Саъёхлар эътиборини козонган музей» дипломы менен сыйлықланды.