Музейимиз китапханасы илимий китапхана саналып, оның фонды 10900 дананы қурайды. Китапханада рус, англичан ¬¬ҳәм басқа тиллердеги шығыс әдебияты, көркем-өнер, мәденият, мода ҳәм тағыда басқа тараўларға тийисли көплеген китап ҳәм журналар бар. Китапханамызда орын алған рус авангард көркем-өнерине тийисли китап ҳәм журналар бөлими ең бир әҳмийетли бөлим есапланады. Оған қосымша китапханамызда қарақалпақ миллий өнери ҳәм басқада дүнья халықларының көркем-өнери, мәденияты ¬¬ҳәм турмыс тәризи ҳаққында кең түсиниклер бериўши китап ҳәм журналлар бар. Сондай ақ китапханамыз көп жыллық оғада бай болған периодикалық газета ҳәм журналларға ийе. Олар: «Искусство», «Юный художник», «Декоративно-прикладное искусство», «Вестник Древней истории», «Археология и этнография», «Новый мир», «Дружба народов», «Юность» ҳәмде жәҳән көркем-өнери бойынша видеоматераллар болып есапланады. Көркем-өнер, мәденият ҳәм басқада бир неше тараў бойынша китап ҳәм журналарға ийе болған бизиң музейимиз китапханасы Республикамыздағы ең бир үлгили китапханалардың бири. Музейимиз китапханасы өз фондын ҳәм искерлигин жәнеде байытыў ҳәмде китапханамызға инновацияларды енгизиў мақсетинде Республикамыздың жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлер менен тығыз байланыста жумыслар алып бармақта. Китапханамыз хызметинен Республикамыз пуқаралары, шет елли пуқаралар ҳәм илимий хызметкерлер толық пайдаланыў ҳуқықына ийе. Бул жерде сиз көркем-өнер, музейтаныўшылық, мәденият ҳәм басқа тараў бойынша түрли китапларды (электрон версиялары режелестирилмекте) таба аласыз. Китапханамыз фонды грантлар ҳәм бийғәрез саўға есабынанда толықтырылмақта. (Мысалы белгили рус этнографы Т.А.Жданко, рус археологы А А.В.Гудков, рус художниклери Г. Зимина ҳәм Т. Г. Гапоненко ҳәмде басқалардың дөретиўшилиги ҳәм өмирине тийисли китаплары бар)
Авангард, остановленный на бегу. - Альбом -Л.: Аврора, 1989
И.В.Савицкий. Народное искусство каракалпаков. Резьба по дереву. Т.: Наука, 1965
«Золотое руно»- Литературно-художественный журнал, 1908 г., № 3-4
Китапхананың жумыс ўақты:
Дүйсенбиден жумаға шекем 9.00 ден 18.00 ге шекем
Түслик 13.00 ден 14.00 ге шекем
Китапханаға кириў баҳасы:
• Өзбекистан пуқаралары ушын - 6000 сӱм
• Шет елли пуқаралар ушын - 15000 сӱм