Музейимиздиң бул бөлими өзине тән өзгешеликке ийе болып өзиниң жетекшилиги менен айрылып турады. Бул бөлимге 19…. жылда тийкар салынды. Қарақалпақ халқының әмелий өнери оғада бай ҳәм көп-қырлы болып ол өткен, яғыный жигирманшы әсирден баслап илмий тәрептен терең изертлене басланды. Бул илимий изертлеўлер белгили шығыстаныўшылар болған С.П.Толстов, Н.А.Баскаков, А.Л.Мелков, Т.А.Жданко, А.С.Морозов ҳәм тағыда басқа шет елли ҳәм жергиликли илимпазлар тәрепинен әмелге асырылды ҳәм асырылмақда. Бул илимпазлардың илимий изленислерине шекем Қарақалпақ халқының әмелий өнери ҳаққындағы мағлыўматлар жүдә аз болып, олар ҳәр түрли баслымларда сийрек ушырасып оларда Қарақалпақ халқының әмелий өнери хаққында анық емес түсүниклерди берер еди.
Бирақ, өткен әсирдиң 50-жылларының соңында (1959) Өзбекистан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалы ҳәм бизиң музейимиздиң басламасы менен әмелге асырылған кең көлемли ислер нәтийжесинде Қарақалпақ халқының әмелий өнери, оның келип шығыўы, раўажланыўы ҳәм ¬ҳәзирги күндеги жағыдайын толық билиў имканына ийе болдық. Себеби ӨзРИА Қарақалпақстан филиалы ҳәм музейимиз Қарақалпақ халқының әмелий өнери ҳәм оған тийисли болған предметлерди жыйнап, қуны жағынан бийба¬ҳа коллекция жаратты. Ҳәзирде, сол жаратылған коллекция музейимизде қәстерлеп сақланып, оның саны жаңа коллекциялар есесине артып бармақта.
ХХ әсирге шекем қарақалпақлар тийкарынан өнерментшилик пенен шуғылланып келген. Қарақалпақларда өнерментшиликтиң гилемшилик, нағыс пенен безеў бериў, тоқымашылық, қурақшылық, безениў буйымлары, темир усташылығы, териге ислеў бериў, ағаш оймакерлиги ҳәмде қолда ислеў өнери сыяқлы түрлери өғада бай раўажланған.
Қарақалпақ халқының әмелий көркем-өнериниң айрықшалығы оның заманагөй интерерлерде толық қолланылыўы ҳәм декаратив безеклер менен үнлесиўи болып табылады. Бул халық тәрепинен жаратылған ҳәм жаратылып атырған әмелий көркем-өнер шығармалары барқулла өзиниң оригиналлығы менен ажыралып, оларда биз бул халықтың өтмишин, турмыс тәризин ҳәм өзлигин толық көре аламыз. Мысалы қарақалпақлардың тоқымашылқ өнери тийкарында жаратылған гилемлерде биз дәстүрий болған орнаментлер композициясын, реңлердеги өзгешеликлерди, сондай ақ реңлерде ушырасатуғын жийи өзгерислерге қарамастан ондағы (гилемлердеги) тийкарғы реңлер композициясының турақлылығын көремиз.
Мәлим болғанындай Қарақалпақ халқының әмелий көркем-өнеринде оның миллий қараүйи ҳәм кийимлери үлкен әҳемийет кәсип етеди. Қараүйдиң саўлатын ҳәм шырайын кәмине келтирип безеў қарақалпақлар ушын ең әҳемийетли болып есапланған. Рельефли ҳәм тегис үлги негизинде ислеп шығылған қарақалпақ қараүйи ҳәм оның қосымша буйымлары тийкарынан пахтадан, жүннен ҳәм жипектен исленип, олар сулыў нағыслар менен безетилген. Қараүйде тийкарынан коңыр, ақ, қызғылт ҳәм гүңгирт реңлер қолланылып, жүдә ашық реңлер онша ушыраспайды. Бул халықтың миллий кийимлериде өзиниң сулыў пишими ҳәм кийип жүргендеги қолайлығы менен ажыралып (ол тап қараүйдиң керекли буйымларында ислетилетуғын материаллардан) тийкарынан пахтадан, жүннен ҳәм жипектен тигилген.
Кесте(леп) тигиў тийкарынан жас қызлардың, келиншеклердиң, орта ҳәм үлкен жастағы ҳаял-қызлардың кийимлерин безеў ушын қолланылған. Бул көрсетилген үш көрсеткиш, яғыный жас қызлар, келиншеклер, орта ҳәм үлкен жастағы ҳаял-қызлардың миллий кийимлерин тигиў оғада шеберликти, тапқырлықты ҳәм итибарды талап еткен. Себеби олар ушын арналып тигилген миллий кийимлер олардағы жаслықтың пәклигин, орта жастағы йош ҳәм ғайратты, сондай ақ үлкен жастағыларға тән болған даналық ҳәм кекселикти өзинде сәўлелендире алған. Шеберлик пенен ҳәр бир жасқа арнап тигилген миллий кийимлер өзиниң реңлери ҳәм безениў буйымлары менен бир биринен ажыралып турған. Мәселен тоқ көк реңдеги бөзден исленген, сондай ақ туўыры кең пишимге ийе болған көк көйлектең көкирек қәпесинен тап етегине шекемги аралық тоқ қызыл ҳәм ақ реңдеги майда сабақлар менен кестеленген.
Жәнеде жуқа гүмис бөлегинен исленип, перуза маржан басқа да таслар менен безеленген төбелик булардың бәри жаслықты сәўлелендириўши образ жаратқан. Буған қосымша қарақалпақ ¬ҳаял қызларының шәртли кийими болып есапланған киймешек, сондай ақ кийизден исленип қызыл ушыға менен қапланған ҳәм метал жапырақлар менен безелген жумсақ бас кийим сәўкеле, жипек жегде, безениў буйымлары буның ҳәммеси қарақалпақ халқының миллий кийимлериниң комплексин қурайды.
Бул кийимлер тийкарынан алтын, гүмис, корал, перуза, сердолик сыяқлы қымбат баҳалы материаллар ҳәм таслар менен безетилген. Үлкен жастағылардың күнделикли миллий кийимлери жас қызлар, келиншеклер ҳәм орта жастағылардың кийимлеринен өзиниң реңи, пишими, формасы, көриниси ҳәм ислениў технологиясы менен ажыралып турған. Мәселен ашық реңдеги, тийкарынан пахтадан исленген материалдан жаратылған ақ көйлек, ақ киймешек, (бас кийим) ақ жегде үлкен жастағы ҳаял-қызларға арналған болып, ол жаслардың ҳәм орта жастағы ҳаяллардың кийиминен түптен парық қылады. Олар көбинше қызғылт реңлер менен кестеленген.
Қарақалпақ халқында безениў буйымлары тийкарынан бойы жеткен қыз бала ҳәм жас келиншеклер ушын арнайы исленген. Жас бойы жеткен қыз ушын ата үйенде исленген безениў буйымларын ҳәр бир қыз өзи таза келин болып түскен үйине алып кететуғын болған.
Таза түскен келин биринше перезенти туўылғанан соң безениў буйымларын аз санда тағып, ал жасы үлкен ҳаял қызлар болса безениў буйымларын жасына сай тәризде (жүдә аз санда) тағатуғын болған. Безениў буйымларынан тысқары қарақалпақ өнерментлери балаларды көз ҳәм суқтан асыраўшы тумарлар, еркеклердиң белбеўи ушын тоғалар, атлар ушын ер-турманлар ҳәм басқада күнделикли тутыныў буйымларын оғада шеберлик ҳәм қунт пенен ислеген.
Бул безениў буйымлары тийкарынан сердолик араласқан гүмис металынан исленген. Ал безениў буйымларындағы нағыслар болса алтын жалатылған ҳалда исленген. Буннан тысқары көк-жасыл реңдеги перуза, қызыл реңдеги маржан таслары безениў буйымларында ислетилген.
Қарақалпақ халқының ҳаял-қызларының алтын менен жалатылған бас кийимлери булар гүмис тахыя, төбелик ҳәм сәўкеле болып есапланады. Бул бас кийимлерде жасыл перуза ҳәм қызыл реңдеги маржан тасларың басымлығын көремиз. Усы аты аталған үш бас кийим қарақалпақ халқының көркем өнериниң әйемнен бай болғанлығын көрсетеди.
Сондай ақ қарақалпақ халқы өзиниң күнделикли турмысында шеберлик пенен исленген жүдә көп үй тутыныў буйымларынан пайдаланған. Мәселен көркем-өнер үлгиси болған шанашты алып қарасақ ол аппликация (қурақ) жолы менен исленип, оның формасы трапецияға мегзес болып тийкарынан териден ҳәм бөзден исленген. Өтмиште шанашта, ун, дән ҳәм басқада майда дәнли өнимлерди сақлаған. Шанаш геометриялық ҳәм мүйиз көринисли нағыслар менен безетилип, тебен менен тигилген сабақлар өзиниң тәсирлилиги менен ажыралып турады.
Қарақалпақ халық қол-өнеринде териге ислеў бериў ҳәм териге нағыс салыў бул тийкарынан ер уста адам тәрепинен исленген. Мәселен жипек жона бул жипектен исленип, мыстан безетилген. Жәнеде халқымыздың көл өнеринен дөреген шайнек ҳәм кеселерди муқыятлап салып қойыўшы шынықаб та териден шеберлик пенен исленген. Халқымыздың ағашқа ислеў бериў ҳәм ағаш оймакерлик өнери өнимлерине тоқталатуғын болсақ онда биз музейимизде сақланып атырған қараүйдиң ергенеги, шкаф ўазыйпасын атқарыўшы сандық ҳәм сабаяқты атап өтсек болады. Буннан тысқары халқымыздың аўқатланыў буйымлары (табақ, шөмиш, қасық х.т.б) ағаштан ойып исленип, олар жүдә ықшам ҳәм қолайлы болып халқымыз көшип қонып жүрген ўақтында буларды өзи менен алып жүриў аңсат болған. Қарақалпақ халқының көл-өнеринде ағашқа монументал түс бериў арқалы көркем-өнер үлгилерин жасаў XIX-әсир соңы ҳәм XX-әсир басына туўыры келип ҳәзирде турақлы раўажланбақта. Музейимизде сиз бул тийкарында исленген көркем-өнер үлгилерин жақыннан көре аласыз.