ӨНЕРИҢДИ ТӘРИЙПЛЕСЕМ ТИЛ ЖЕТПЕС...

19 января 2023

Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи етнография бөлими баслығы А.Пирназарованың Қарақалпақстан Жаслары газетасында баспадан шыққан "ӨНЕРИҢДИ ТӘРИЙПЛЕСЕМ ТИЛ ЖЕТПЕС.." атлы мақаласы

 

Сөзге шешен, дәстүрлери жарасықлы, жасы үлкенлери дана, жигитлери мәрт, қызлары гөззал, ийбели халқым мениң! 100 томлық фольклордан орын алған жазба ҳәм аўыз еки дөретпелери, дәстанлары, мақтаныўға арзыйтуғын миллий мийраслары бар қарақалпақлардың!   

Булардың бәри тек ғана бизиң халыққа тийисли руўхый байлығымыз, меншикли мийрасларымыз екени ҳақыйқат. Буны қазақ халқының белгили илимпазы, этнограф Ш.Уәлийхановтың «Қарақалпақлар биринши саҳра бүлбиллери» деп жазғаны да тастыйықлайды.                                                                                                       Ҳүрметли газета оқыўшылары! Енди халқымның мийраслары менен мақтаныўға  арзыйтуғын көргизбе туўралы жазып мақтанышымды сизлер менен бөлиспекшимен. Савицкий музейиниң жәҳәнге жайылған даңқы, ондағы сақланып ҳәм көрсетилип атырған бийбаҳа өнер үлгилери туўралы әлбетте бәриңиздиң хабарыңыз бар. Қарақалпақстанға келген ҳәр бир шет еллик туристлер, жумыс бабы менен келген мийманлар бәри-бәри музейди көриўге асығады. Музейимиз хызметкерлери оларға мәдениятлы хызмет көрсетиўди өзлериниң тийкарғы ўазыйпасы – деп бәрҳама хызметке тақ турады. Ал, енди музейдиң ғәрезсизлик жылларындағы жетискенликлери туўралы айтатуғын болсақ, бунда да мақтаныўға арзыйтуғын жумысларымыз бар. Әсиресе, бир неше шет еллерде өткерилген көргизбелеримиз му-зейдиң даңқын жүдә ҳәм арттырды. Елимиз ғәрезсизлигин алған ўақыттан бери дүньяның бираз мәмлекетлеринде көргизбелер шөлкемлестирилди. Атап айтсақ, Франция, Англия, Германия, Австралия, Италия, Голландия, Катар, Россия мәмлекетлеринде музей экспонатлары көрсетилди. Көргизбелерге қатнасқан экспонатлар туўралы сүўретли китап каталоглар шығарылып, көп тиражлы газета-журналларда белгили журналистлер тәрепинен көлемли мақалалар жәрияланды. Мине, усындай көргизбелердиң бири жақында ғана, яғный өткен жылдың ноябрь айында Францияның пайтахты Париждеги Ислам мәденияты институтында шөлкемлестирилип ҳәзирги күнде де даўам етип атыр. Усы көргизбениң ашылыў салтанатына қатнасқаным, көркем өнер қызығыўшыларының халқымның бай мийрасын өзинде жәмлеген музейге деген итибарын көргеним, тәсирлерим жүдә ғана  басқаша екени рас. Лувр музейиндеги көргизбе де айрықша дәбдебе менен ашылды. Еки мәмлекет басшыларының қатнасыўында, Туризмди раўажландырыў қорының қоллап-қуўатлаўында өткерилип атырған бул көргизбе ҳақыйқатында да үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Бундағы тийкарғы мақсет музейлерде с ақланып а тырған э кспонатларды кең түрде үгит-нәсият етиў, соның менен бирге мәмлекетлер арасындағы мәдений байланысларды еле де раўажландырыўдан ибарат. Енди өз тәсирлеримди тәрийплесем дәрҳал көргизбениң ашылыў мәўрити көз алдыма ке-леди. Өзбекстаннан барған делегация ағзалары қатарында бизлер, яғный Савицкий музейин узақ жыллар басқарған Мариника Бабаназарова, Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты музейиниң директоры Айжамал Юсупова ҳәм өзим көргизбениң ашылыў салтанатынан соң залларға жайластырылған экспонатларды тамашалаўды басладық. Бул көргизбеге Қарақалпақстанның еки музейинен де экспонатлар апарылып көргизбеге қойылды ҳәм олар тийкарынан халық қол өнерине тийисли кийим-кеншеклер, безениў буйымларынан ибарат. Сондай-ақ, сүўретлеў өнери дөретпелери де бар. Көргизбеге қызығыўшылар көп болды,бизиң еки музейден басқа Өзбекстанның музейлеринен де экспонатлар бар. Көзимизге ысық,жанымызға жақын өзимиздиң экспонатларды тап бүгин көргендей қуўанғанымыз өз алдына. Ал енди олардың витриналарда жарасып турғанын көргенде бизлер үшеўмиз бир биримизге қарап «мине бизиң затлар» деп қайта-қайта айналып көребердик. Көргизбе залына кирген жерде қарақалпақтың миллий кийиминдеги келиншектиң үлкен сүўрети ҳәм «Қарақалпақстан» деген жазыў менен басланған көргизбе безениў буйымлары менен даўам етеди. Бул жерде ҳәйкел, шар түйме, жалпақ түйме, билезик, өңирмоншак, әребеклер жақтыландырылған витриналарға қойылған. Бәри анық көринеди, илдирип қойыў дизайны сәл басқашарақ демесең тап бизлерде көрсетилгениндей болып тур. Оларға қарама-қарсы витриналарда турған ақ киймешек, ақ жегде, төбелик, көк көйлектиң сән-салтанаты өз алдына, тәрийплеўге сөз жетпегендей тәсирлендик. Себеби көриўшилер олардағы нағысларды, тигилиў шеберлигин айрықша итибар менен көрип ҳайран қалғаны бул сөзимизди дәлиллейди. Витринадағы төбелик пенен көк көйлек қарақалпақ қыз-келиншеклериниң тап өзлериндей болып мәрдана түрде айрықша сән-салтанат пенен ҳәммениң дыққатын тартқанын көрип кеўлиңди әллеқандай сезимлер бийлейди. Көз алдыңда Әжинияз бабамыз тәрийплеген «Бозатаўлы нәзәлим» елеслейди. «Көк көйлек ишинде илгекли түйме, Ашығың болайын мени күйдирме» деген қосық қатарлары ериксиз есиңе түседи. Булардың бәри көпирме гәп емес, мениң хақыйқый кеўил кеширмелерим, себеби ҳәр сапары мүмкиншилигине қарап усындай шет еллерге барыўым халқымның қол өнериниң, қала берди Савицкийдиң пидайы мийнетиниң арқасы екенин тән алып, толқынланаман, қуўанаман. Сезимлерге берилип кетиппен, енди көргизбе хаққында жазыўды даўам етейин, ақ киймешек пенен ақ жегде бир-бирин толықтырып, кәйўана аналарымыздың ақыл парасатының, кәтқудалығының белгисиндей болып витринаның ишинде басқаларға турмыс тәжирийбесин айтқандай көринисте жарасып тур. Екинши қатардағы өңирше өнерди жаңа үйрениўди баслаған жас қызды көзимизге елеслетсе оның қасындағы қызыл киймешектиң көриниси жаңа өмирге қәдем атлаған, небир арзыў әрманларын, келешекке деген жақсы нийет үмитлерин нағысларда сәўлелендирген қарақалпақтың шебер қызының нағыз өзи болып көри-неди. Рең үйлесими, нағыслардың избе-изликте орналасыўы, мәниси көриўшилерде басқаша тәсир қалдырғанын көриўдиң өзи кеўлиңди көтереди. Безениў буйымлары болса қарақалпақ зергерлериниң шеберлигин, буйыртпа берген қызлардың айрықша талғамының дәлилиндей болып бир-бирин толықтырып көриўшилерди өзине тартып тур. Ири-ири ҳасыл таслар, маржан, ферузалар менен безетилген бул безениў буйымлары қыз–келиншеклердиң көркине көрк қосыў менен бирге оларды тил суқтан, жаман нәзерлерден де сақлаған. Улыўма, бизиң халықтың тек өзине тән өзгешелигин, миллийлигин усындай бийбаҳа мийраслар арқалы дүньяны таң қалдыратуғынын Париж көргизбеси және бир рет айқын дәлиллейди деп исеним менен айта аламыз. Көргизбе белгили ўақытқа шекем даўам етип, батыслы көркем өнер ышқыпазларының әжайып пикирлери менен музейимизге қайтады. Бир сөз бенен айтқанда бизиң баҳалы миллий мийрасларымыз «Ояныў» дәўириниң естеликлери «Мона Лиза» сыяқлы көркем өнер дөретпелери болып қарақалпақ халқының дүнья өнерине қосқан үлеси болары сөзсиз. Биз бундай көргизбелер арқалы халқымыздың, музейдиң даңқын еле де жер жәҳәнге танытыў бағдарында жумысымызды даўам етемиз.

 

                                                                                                     Айгүл Пирназарова ,

                                                                                            Савицкий музейи этногра-

                                                                                                    фия бөлими баслығы.


<< Научная статья   2024-jıl Florensiya qalasında ótkeriletuģın kórgizbege tayarlıq kóriw haqqındaģı memorandumına qol qoyıw máresimi. >>