Галерея

Музейимиздиң сүўретлеў өнери бөлими өзинде үш жөнелисти қамтыйды: 1920-1930-жыллардағы Өзбекистан сүўретлеў өнери, XX асирдеги Рус сүўретлеў өнери, Заманагөй Қарақалпақ сүўретлеў өнери.


Өзбекистан сүўретлеў көркем-өнери өзиниң қəлиплесиўи ҳəм раўажланыўы барысында бир қанша басқышларды басып өтти. Бул басқышлар тарийхый, социал-экономикалық ҳəм мəдений раўажланыўды өз ишине қамтыйды. Живопис жанрындағы ески тарийхый естеликлер, орта əсирлер минатюрасы, Өзбекистаның декоратив қол өнери, булардың бəри өзлеринде ески дəўир усталарының қайталанбас дөретиўшилик шеберлигин сəўлелендирип, онда биз терең көз қараста пикирлеў, философиялық бирлик, лирикалық ҳəм стилистикалық дəстүрлердиң уйғынласыўын аңлаймыз. Өткен əсирден мийрас болған бул тарийхый ҳəм мəдений байлықты сақлаған ҳалда əўладан-əўладқа жеткериў-бул экспозицияның тийкарғы мақсетлеринен бири болып есапланады.


Музейимиздиң басқа музейлерден айырмашылығы музей тийкаршысы И.В.Савицкий тəрепинен өткен əсирдиң 20-30-жылларында дөретиўшилик еткен Өзбекистанлы қыл қəлем ийелериниң мийнетлерин топлаўы арқасында пайда болған экспонаптлардың көплеги менен парықланады. Музейимиздиң жаңа экспозициясы Өзбекистан сүўретлеў көркем-өнериниң көрнекли ўəкиллери, сондай ақ Өзбек сүўретлеў көркем өнериндеги Өзбек мектебиниң тийкаршылары болған А.Волков, У.Тансыкбаев, Н.Карахан, Н.Кашина, А.Николаев, М.Курзин, А.Подковыров ҳəм тағыда басқалардың дөретиўшилиги менен кеңнен танысыў имканын береди. Коллекция реализм жөнелисинен авангард жөнелисине шекемги бир қанша жөнелислерди өз ишине қамырайды. Өткен əсирдиң 20-30-жылларында Өзбекистан сүўретлеў көркем өнериндеги бар болған мектеплердиң дөретиўшилери көп миллетли болып, оның көплеген ўəкиллери Өзбекистанға Россиядан келген еди. Сол дəўирдеги Өзбекистандағы сүўретлеў, декоратив-безеў ҳəм китап минатюрасын ислеў сыяқлы көркем-өнердеги бай дəстүрлер Өзбекистанда жасап дөретиўшилик қылған художниклерге бар жигери менен дөретиўшилик қылыўға имкан берди. Буған қосымша ҳəр түрли мəдениятлар ҳəм традициялардың бир бири менен байланысы экспрессив ҳəм эмоцианаль көркем-өнер стилиниң жүзеге келиўине түртки болды. Ескише дүньяқарастың жемирилиўи, таза ой-өрис ҳəм пикирлеўдиң қəлиплесиўи бул А.Волоков ҳəм Н.Карахан сыяқлы художниклер мийнетлеринде айқын көринисин тапқан болса, Шығысқа тəн болған өзгешелик, күйдирген ыссы қуяш, ассығысыз ҳəм жай парахат өтип атырған ески қалалардың турмыс-тəрзи Е.Коравай, Н.Кашина, П.Беньков ҳəм З.Ковалевская сыяқлы авторлардың мийнетлеринде өз көринисин тапқан.

А.Николаевтың дөретиўшилигинде болса биз мəдениятың шығысқа тəн өзгешеликлери (ориентализм) италиян живописи ҳəм рус иконографикаси менен əжайып түрде уйғынласыўының гуўасы боламыз. Көринистиң нəзик-тəн менен əпиўайыласыўы, реңлердиң бир-бири менен сөзсиз байланысы, яғыный импрессионизм ҳəм постмодернизимге тəн болған бул сыпатламалар О.Тансықбаев мийнетлеринде өз көринисин тапқан. Давид Бурлюк лекциясы тəсиринде өзин футуризм жөнелисиниң ўəкили деп санаған В.Уфимцевдың мийнетлери өзиниң қысқа ҳəм дəллиги менен характерленеди.
Өткен əсирдиң биринши ярымында Өзбекистанлы художниклердиң бир қаншаларының мийнетлери умытылып қалған еди.

Музей тийкаршысы И.В.Савицкий тəрепинен өткен əсирдиң 60-жылларындағы сүўретлеў көркем-өнерине тийисли болған материаллардың топланыўы өзине тəн машақатты талап етти. Көплеген художниклердиң мийнетлери устаханаларда, тозыўы жеткен имаратларда ҳəм басқада жерлерде аянышлы жағыдайларда сақланып, олардың айрымлары пүткүллей жоқ болып кеткен. Бийбаҳа көркем өнер шығармаларын сақлап қалыў, музейге керек болған художниклердиң мийнетлерин излеп табыў, ҳəм сол арқалы музей коллекциясын байытыўға жөнелтирилген И.В.Савицкий тəрепинен таңланған тактика нəтийжесинде музейдиң коллекциялары бир қанша артты. Музей дəслебинде онша көп болмаған коллекцияға ийе болған, экспонатлардың бир бөлеги Москвалы художниклердиң мийнетлери болып, олар Москва мəденият министрлиги тəрепинен музейге саўға есабында жеткерип берилген. Буннан тысқары музей өз коллекцияларының бир қаншаларын Ташкент көркем-өнер көргизбелер дирекциясынан алған. Бирақ бундай жол менен алынған сүўретлеў көркем-өнерине тийисли мийнетлер музей коллекцияларын илимий тийкарда топлаўға қаратылған мəселеге шешим бола алмады. Сол дəўирде музей алдында турған машқалаларды еслеп И.В.Савицкий былай деген еди: «1960-жыллар көлеми жағынан киши болған Третяковкалар үрдиске айланған еди. Бирақ бул пүткүл аўқамлық бир-бирин көшириў яки тəкрарлаў бизди қанатландырмайды». Өзине тəн өзгешеликке ҳəм басқалардан өзиниң уникаллығы менен айрылып туратуғын музейди шөлкемлестириў мəселеси алға сүрилди. Усындай ойлар ҳəм мақсетлер нəтийжесинде 1920-1930-жылларда Өзбекистанда сүўретлеў көркем-өнериниң жүзеге келиўин көрсетип бериўине жөнелтирилген музей пайда етилди. Музей өз искерлигиниң дəслепки жылларында өзине керекли болған коллекцияларды қəлиплестириў ҳəм жыйнаўға қаратылған принциплерди анықластырып баслады. Коллекцияларды жыйнаўда тийкарғы итибар музей тəрепинен қызығыўшылық билдирилген авторлардың дөретпелерин жыйнаўға, сондай ақ бул жумысларды имканы барынша тезлестириўге жөнелтирилген еди.

Соның нəтийжесинде музей өз искерлигиниң дəслепки еки жылы ишинде мисли көрилмеген тез пəт пенен Өзбекистанлы жетекши художниклердиң мийнетлеринен ибарат оғада бай материалларды топлады. Соның арқасында 1968-жылы Москва қаласындағы «Шығыс халықларының көркем-өнери» атлы музейде, музейимиздиң «1920-1930-жылларда Өзбекистанлы художниклердиң сүўретлеў өнери ҳəм графикасы» атлы биринши көргизбеси өткерилди. Бул көргизбе нəтийжесин талықлаўда А.Чегодаев, Д.Сарабьянов, В.Костин ҳəмде басқада белгили шығыстаныўшылар ҳəм сыншылар қатнасты. Музейдиң коллекцияларды топлаўдағы белсене искерлигине, И.В.Савицкийдиң жанкүйерлигине, сондай ақ коллекциялардың қысқа ўақыт ишинде топланыўына үлкен унамлы баҳа берилип, Нөкис теңсиз көркем-өнер ҳəм мəденият орайы деген атаққа ийе болды. Бунан тысқары жоқарыда аты аталған шығыстаныўшылар ҳəм сыншыллар умытылған мəденияттың қайта тиклениўиниң басланыўы деп те тəрийпленди.
Өзбекистанда өткен əсирдиң 20-жылларында сүўретлеў өнериндеги авангард жөнелиси өзиниң жоқары профессионалығы менен айрықшаланып, өзине Өзбек халқының көп əсирлик бай мəдениятын тийкар қылып алған еди. Өзбекистанда əсирлер даўамында қəлиплескен ҳəм кең қамыраў жайған көркем-өнер, бул жерде 1920-жылларда жүзеге келген авангард жөнелисин дүнья көлеминдеги өзине тəн əдебий қубылыс болыўына тийкар болды. Авангард жөнелиси бойынша дөретиўшилик қылған авторлардың мийнетлеринде Европаға тəн болған жөнелислер кубизм, экспрессионизм, абстракционизм ҳəм тағыда басқалардан тысқары Өзбекистан көркем-өнерине тəн болған мүсүншилик, минатюра живописи ҳəм декоратив қол өнери үлгилериде өз сəўлелениўин тапқан.

Музеймиздиң сүўретлеў өнери бойынша және бир ғәзийнеси бул XX әсирдеги рус художниклериниң бийбаҳа мийнетлери болып, сол көркем-өнер шығармаларының үлкен бөлеги ХХ әсирдиң биринши шерегинде жаратылып, олар узақ ўақыт даўамында белгисиз ҳәм умытылып қалып кеткен еди. ХХ әсирдиң биринши шерегин кейинги бир неше он жыллықта көркем-өнерде рәсмий тән алынған ҳәм алынбаған жөнелислер бар еди. Рус сүўретлеў өнери ХХ әсирдиң басларына келип европа көркем-өнери сыяқлы бир қанша өзгерислерди, екилениўлерди ҳәм инкарлаўды басынан кеширди. 

ХIХ-әсирдиң 90-жылларында рус көркем-өнер ўәкиллери академик тематиканың қағыйдаларын бийкарлап, өзинде бар болған барлық жөнелис ҳәм  стилерден пайдаланыўды жуўмақлап өз орнын жаңа күшлерге, анығырағы жаңа стил болған модерн стилине ҳәм басқада өз жөнелисине ийе көплеген стиллерге босатып берди. Нәтийжеде стилер биринен соң бир пайда болып, мазмуны ҳәм идеясы жағынан турақлы өзгерип, ал айрымлары болса өз-өзинен изсиз жоғалыў процессине жүз бурды. Соның менен бир ўақытта "Мир искусства" атлы журнал ҳәм С.Дягилев ҳәм А.Бенуа тәрепинен шөлкемлестирилген әдебий көргизбелер рус жәмәәтшилигине (публикасына) шет ел көркем-өнери ҳәм әдебиятындағы жаңа жөнелислер, сондай ақ батыс европа сүўретлеў өнериниң тәсири нәтийжесинде живопистеги жаңа тизимди өзлерине қабыламақшы болған рус художниклери арасында тарқалған жаңа инновациялар хаққында кең түсиниклер берген. А.Шевченко ҳәм Р.Фалькатың сол дәўирдеги мийнетлеринде француз живописи тәсириниң белгилерине тән болған реңлердеги нәзиклик ҳәм тәбийликти көремиз. Аз өтпей бул еки художник "Бубновый валет" атлы топарға ағза болып, И.Машков, А.Лентулов, П.Кончаловский, А.Моргунов ҳәм А.Куприн сыяқлы белгили инсанлар менен бирге өз дөретиўшилигин даўам етиреди. Сол дәўирде рус көркем-өнеринде өзлериниң түрли теориялық бағдарламалары менен бир қанша әдебий топарлар пайда болып, олар «Рус авангарды» атамасы астында бирлеседи. Бунан тысқары, сол дәўирде көркем-өнер бир-бири менен үзиликсиз тартысыўшы «оңшыл» ҳәм «солшыл» топарларға бөлиниген. «Мишен» топары жетекшиши М.Ларинов басшылығында өткерилип атырған әне сондай тартыслардың биринде бир эго-футурист жыйналғанларға қарата былай дейди: «Неге енди жер планетасы Геркулес жулдызлар топарына талпынады? Бизге оны басқа планетаға талпындырыў имканы берилгенғо!..... Ҳаял-заты, тәбият, өз-өмирин жасап болған көркем-өнер, анығырағы жаңаша раўажланыўға тосқынлық қылатуғын барлық нәрселер түп-тамыры менен қопарылып тасланыўы керек!»      
1917-жылғы революциядан кейин көркем-өнер сол сиясый жәмийетиң пропогандасы ҳәм агитациясын тарқатыўшы күшке айланып, художниклерде сол ағымға қосыла дөретиўшилигин даўам етирди. Сол дәўирдиң сиясый көз қарасынан келип шығып рус сүўретлеў өнериндеги түрли жөнелис ҳәм әдебий ағымлар белгили бир дәрежеде өз-ара бирлесе баслады. Ғалабалық байрамларды ҳәм сиясый ҳәдийселерди сүўретлеўши плакатлар (С.Никритин, М.Нестерова), интерьер ушын жаңа дизайнлер (В.Ходасевич), китап иллюстрациялары (С.Телингатер, Г. Ечеистов, Г.Зимин) булардың бәри сол дәўир сыясый көз-қарасы негизинде жаратылды. 1932-жылдың 23-апрелинде қабыл қылынған қарарға көре көркем-өнерде бирден бир ҳәм туўыры жөнелис бул соцреализм деп табылып, еркин дөретиўшилике (соцреализм шынлығына қайшы келиўши көркем-өнер шығармалары) тыйым салынды. Сол сиясый дизим талабына жуўап бермеген басқа барлық көркем-өнер шығармалар мазмунсыз ҳәм әҳмийетсиз деп табылған. Әмелдеги дизим идеологиясына туўыры келмеген сүўретлеў өнери шығармаларын дөреткен художниклер қуўдалаўға ушыраған.
Музей тийкаршысы И.В.Савицкий сол дәўирде жасап дөретиўшилик қылған художниклердиң мийнетлерин излеп табып оларды Нукус қаласына алып келиўдей машақатлы жумысты әмелге асыра алды. Алып келинген көркем-өнер шығармалары ишинде репреция қурбанлары болған М.Соколов, В.Комаровский (атыў жазасы қурбаны), Л. Гальперин (атыў жазасы қурбаны), Н.Боровая, Е.Левина-Розенгольц, В. Шухаев, В. Тимирев (атыў жазасы қурбаны) ҳәм "Амаравелла" художниклер топары ўәкилериниң мийнетлери бар. Туўма коллекционер қәбилийетине ийе болған И.В. Савицкий өткен әсирдиң 60-70-жылларына келип ХХ-әсирдиң биринши шерегинде жасап дөретиўшилик еткен художниклердиң бийбаҳа мийнетлерин жыйнай алды. Сол жыйналған мийнетлер ишинде Р. Мазель, П.Соколов, А.Сафронова, Е.Ермилова-Платова, К.Редько, А.Ставровский, Ю.Щукин, Н.Тарасов, Н.Штанге, Р.Барто ҳәм тағыда басқа художниклер дөретпелери болып, олар ҳәзирде музейимиз экспозициясын байыты, көркем-өнер шайдаларын илҳамландырмақта. Даңқ ҳәм атақ изинен қуўмастан, И.В.Савицкий сол дәўирде дөретиўшилик етип ҳәм жетерлише дыққатқа ийе болмаған художниклер дөретиўшилигиниң негизги мәнисин кеш болсада қайта тиклеўге ҳәрекет еткен.
Бул музейдиң Республикамызда ашылыўы қарақалпақ сүўретлеў өнериниң раўажланыўында үлкен рол ойнады. Себеби музейимиз жергиликли художниклерди мораллық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлап, олардың дөретиўшиликтеги раўажланыўына үлкен жәрдемлер берди. Музейдеги бай коллекция қарақалпақ художниклерине үлкен тәжрийбе мектебин өтеп, оларға дүнья көркем-өнери менен танысыў имканын берди. Ж.Куттымуратов, Д.Турениязов, Б. Серекеев, А. Утегенов, Э.Жолдасов ҳәм басқада көплеп қарақалпақ художниклери ҳәм скульпторлары өзлерин И.В.САвицкийдиң шәкиртлери деп санайды. Қарақалпақ художниклери ишинде К.Сайпов сүўретлеў өнериндеги пейзаж жанрының маманы, үлкен қәбилийет ҳәм талант ийеси деп табылып, ол өз мийнетлеринде қарақалпақлардың өзине тәнлигин шеберлик пенен көрсете алған шахс болған. Бунан басқа және бир қарақалпақ (өз бетинше жетилискен) художниги А.Утегеновтың пейзаж жанрында дөрелген мийнетлеринде натураның жеңил ҳәм тәбийғыйлығын көремиз.
Қарақалпақ халқында ағашқа ислеў бериў өнери әзелден раўажланған болып ол қарақалпақ заманагөй ағаш мүсүншилигиниң пайда болыўында үлкен рол ойнады. Бул тараўдың белгили ўәкили Д.Турениязов өз дөретиўшилигинде миллийликти қоллаған ҳалда жүдә тәбийғый болған көркем-өнер шығармаларын дөреткен. Д.Турениязов мийнетлеринде биз мүсүншиниң иләжы барынша ағаш фактурасының тәбийғыйлығын сақлаған халда халық аўызеки дөретиўшилигинде жырланған образлардың шеберлик пенен жасалғанын көремиз.
Ал А.Атабаев дөреткен қапылары, үстүнлери ҳәм музыка әсбаплары болса өзиниң фантазияға бай ҳәм дәбдебели тәризде безелгенлиги менен ажыралып, онда биз байрам кейпиятын сезинемиз. Өз мийнетлеринде хаял образын сәўлелендириўши Ж.Куттымуратов дөретпелери өзиниң (ҳаял жүзиниң модели) анық исленгенлиги менен ажыралып турады. Жуўмақлап айтқанда музейимиздиң бул бөлиминде қарақалпақ халқының әмелий өнери үлгилери жай алған болып сиз қарақалпақ художниклери ҳәм мүсүншилериниң  дөретиўшилиги менен кеңннен танысыў менен бир қатарда бул үлкедеги сүўретлеў өнериниң пайда болыўы ҳәмде оның ҳәзирги ¬¬ҳалаты менен кең танысыў имканына ийе боласыз.