12.03.2024
Өмир тереги» экспонаты ҳаққында.
И.В.Савицкий реставратор, этнограф, көркем өнер таныӯшы алым, қарақалпақ халық художниги ҳәзирги И.В.Савицкий атындагы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниӊ 1966-жылы ашылыӯыныӊ тийкарын салыӯшысы болып, ол усы ашылган жылдан баслап музейде бириншилерден болып Археология бөлимин жаратты хам бул бөлим усы күнге шекем ис жүритип атыр.
Сол ӯакытлары бириншилерден болып бул бөлимде археолог илимпазлардан Юрий Петрович Манылов, Геннадий Николаевич Курочкин, Александра Васильевна Гудковалар жумыс алып барған. Кейин ала, аты аталған илимпазлар, өзлериниӊ илимий мийнетлери арқалы белгили алымлар қатарларынан орын ийелеп, тарийх илимлериниӊ докторы хәм кандидатлары илимий дарежелерине жетти. Алымлар Қаракалпакстанда жайласкан тарийхый естеликлер есапланған Жампык кала, Гяӯир кала, Гүлдирсин қаласы, Эрес қала, Қыят қала, Аяз қала, Топрақ қала, Төк қала хам Қават қалаларда өзлериниӊ археологиялық илимий қазыӯ жумысларын алып барды. Бул илимий қазыӯ ислери натийжесинде б.э.ш VI-шы мын жыллықлардан баслап бизин эрамыздын XV-XVI- әсирлерине тийисли болған материаллық байлыкларды топлады.
Естеликлерден табылган материаллык байлықлар гүлалдан, темирден, шийшеден исленген буйымлар болып, жанеде сырланган гүлал ыдыслар, тағыншақлар, хожалық буйымлары, турмыслық қураллардыӊ табылыӯы сол дәӯирлерде жасаган халыклардыӊ мәдениятынан экономикасынан ҳәм социаллык жағдайларын сәӯлелендириӯши дерек болып табылады. Бул табылмаларға қарап сол дәӯирлерде Арал бойы ҳәм Қубла Арал бойында жасаӯшы халықлардыӊ Уллы жипек жолы менен байланыслары болғанын көриӯге болады. Уллы жипек жолы нешше мыӊлаған шақырымларды қурап, Шыгыс пенен Батыс еллерин байланыстырыӯшы жол болган. Арал бойы халықлары усы жолдын бойында жасағанлығынан Уллы жипек жолынан өтетугын кәрӯанлардыӊ тәсири жүдә күшли болған. Бул жерлерден табылған табылмалар ишинде басқа сырт еллерден келтирилген, яғный Иран, Египет, Рим, Қытай усаған еллерде ислеп шығарылған өнерментшилик буйымлары табылған.
Табылмалар ҳәр түрли буйымлардан ибарат болып, сол дәӯирде жасаған халқымызда өнерментшиликтиӊ ҳәр қыйлы түрлериниӊ раӯажланғанлығыныӊ дәлийли бола алады. Музейимиздиӊ Археология бөлими фондында сақланып атырған буйымлардан бири сырланған гүлал ыдыслар топарынан орын алған «Өмир тереги» деп аталыӯшы сырланған гүлалдан исленген ыдыс бөлеги. Ол Жампык қаладан табылған болып, бизин эрамыздын XI-әсириниӊ ақыры XII-әсирдиӊ басларына тән болган Минай түриндеги сырланған гүлал ыдыстын калдыклары болып табылады.
Суӯретлеп отырған ыдыска илимий ҳәм көркемлик жақтан баҳа берип бақлап қарағанымызда бундай ыдыслар Иран мәмлекетиниӊ Рея каласында ислеп шығарылған ыдысларга уксаслыгы бар екенлиги ҳәм усыдан келип шыгып сол дәӯирлерде Рея қаласы менен Жампык қаланыӊ ортасындағы байланыслардыӊ болғанлығын көремиз. Жипек жолы арқалы өтетугын кәрӯанлар усы жерде токтап, өзлериниӊ саӯда сатык ислерин жүргизгени ямаса саӯғаға берилген болыӯы мүмкин деген пикирлерге токтаталамыз. Себеби, бизин анықлаӯымызша Жампық қала естелиги орта әсирлер дәӯиринде Әмиӯдәрьянын бойында жайласқан ҳәм Уллы жипек жолы менен шегаралас саӯда сатыкка ийкемлескен қалалардын бири болғанлығы белгили.
Ыдыстын өзине тән бийбаҳалылығы ҳәм өзгешелиги соннан ибарат - Ислам мәдениятына тән елде жасағанымыз бенен ыдыстын ишки тәрепи ортасына Өмир тереги сәӯлелендирилген. Өмир тереги сүӯрети сол дәӯирдеги заратуштрлардын нышаны болып, бул сүӯретти олар дийӯалларға сызып, гүлал ыдысларда, оссуарийлерде сәӯлелендирген. Бул теректин шақаларында ҳәр қыйлы көк, қызыл, сары бояӯлы реӊлер менен берилген мийӯелерге нәзер салып көриӯге болады. Бул инсан дүньяга шыққаннан кейин үрим путақлы болып өнип өсиӯи белгисин билдирген. Бул теректиӊ алдында атқа минген еки ер хам ҳаял шабандозлардын сүӯретлери сәӯлеленген. Булардыӊ кийимлериндеги формалар, минип турган атынын жабыӯларындағы нагыслар бизиӊ мәдениятымызга тән емеслиги ягный Парсы еллерине тән формалар екенлиги көринип тур. Өмир терегинин алдында турган ер ҳәм ҳаял адамныӊ сәӯлелениӯи бул үйленип шаӊарак қурғанынын белгиси деп көриӯге болады. Усыннан келип шығып сол дәӯирлерде Жампык қала әтирапында жасаған халыкларға усындай ыдыслар яғный тарелкалар жас шанаракларға саӯғаға берилген болыӯы мүмкин.
Шабондозлардыӊ бас кийимлерине, үстки кийимлерине қарасақ ҳәзирги дәӯирдеги бизиӊ қарақалпақ халқыныӊ этнографиясындағы қол өнери буйымлары есапланған кестешилик буйымларындағы нағысларға уқсаслығы бар екенлиги көринип тур ҳәм де қарақалпақ халқына тән болған Сәӯкеле бас кийимине уқсап турғанлығы анық. Бунда қошқар мүйиз, қумырысқа бел нағыслары сәӯлеленген. Демек қарақалпақ халқындағы XVII-XX-шы әсирлердеги кестешиликлер, тоқымашылықлардағы нағыслардыӊда тарийхы ерте дәӯирлерден басланғанын ҳәм мәдениятымыздыӊ, соныӊ менен бирге тарийхымыздын да тырнағынын жүдә тереӊде жатырғанын көремиз. Биз буны XI-XII әсирлерге тән болған сырланған гүлал ыдыста көрип турган болсақ, ал усыған уқсас нағыслар буннанда алдынғы ягный бизиӊ эрамыздыӊ басындағы I-III әсирлерге тән Топрак қала, Гүлдирсин, Эрес, Аяз қалалардан табылған тағыншақлардан, гилем бөлекшелери менен гүлал ыдыс бөлклеринен, дийӯал сызылмаларынан табылган нағысларда көрсек болады. Жуӯмақлап айтқанда, музейимизде сақланып атрған бир ғана сырланған гүлал ыдыс бөлегиндеги сүӯретлерге қарап, онын усы жерлерге келип қалыӯынын ози, бизиӊ халкымыздыӊ мәдениятыныӊ сырт ел мәдениятлары менен тутас болып, қарым қатнасықлардыӊ әӯелден беккем болғанлығын көрип бақлаӯымызға болады.
И.В.Савицкий атындагы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи Археология бөлими аға илимий хызметкери:
Сержанова Мухаббат Бердимуратовна.