Музей жойбарлары

Музей өзиниң анық режелеринде көрсетилген ис-иләжларыдан басқада бир қанша айрықша әҳемийетке ийе жойбарларды әмелге асырып келмекте. Үлкен көлемге ийе болған бул жойбарлар төмендегилерден ибарат:
 

  • Көшпели музей
  • Жас көркем-өнер таныўшы
  • Халық әмелий қол өнерин қайта тиклеў

 

Көшпели музей

Бизиң музейимиз 2003-2004-2005-оқыў жылында Британия кеңесиниң «Көшпели музей» атлы жойбарын әмелге асырды. Бул жойбар 2008-жылы Швейцарияның бирге ислесиў бюросы тәрепинен қоллап-қуўатланды. Жойбардан гөзленген мақсет Қарақалпақстан Республикасының узақ аўыл ҳәм районларындағы мектеплерде орта ҳәм жоқары классларда тәлим алып атырған оқыўшылар ушын көшпели музей көргизбелерин ҳәм лекцияларын шөлкемлестириў болып есапланады.  Еки оқыў жылы даўамында бул жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының жети районының отыз мыңнан (30000) аслам мектеп оқыўшылары қарақалпақ халқының әмелий қол өнери ҳәм түрли дәўирлерде дөретиўшилик қылған қарақалпақ художниклериниң бийбаҳа мийнетлери менен танысты. Сондай ақ жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде төрт мыңға (4000) шамалас оқыўшы жаслар ҳәр қыйлы темаларға арналған лекцияларды тыңлап музейимизди жеке өзлери келип тамашалаўға миясар болды.
2010-жылдан бул жойбар ЮНЕСКО ҳәм Швейцария бирге ислесиў бюросының қоллап-қуўатлаўында Қарақалпақстанның аўыллық мектеплеринде ҳәм жазғы лагерлеринде өз жумысын даўам етирди. Көшпели көргизбелер, лекциялар, интерактив ойынлар, сондай ақ мектеп оқыўшыларын тарийхый орынларға ҳәм музейге саяхат еттириў сыяқлы ислерди өзине қамтыған бул жойбар өзиниң оригиналлығы менен ажыралып, өз искерлиги даўамында өзине он мыңнан (10000) аслам оқыўшы жасларды бириктирди. 2011-жылы бул жойбар өз жумысын Қазақстан Республикасының Караганда областындағы ОО «Лаборатория общественного развития» атлы орай қәўендерлигинде әмелге асырды. Бул жойбарда Заманагөй мәденият орай «Дешт-и-Арт» кураторының (Сафарова Гульдана) идеясына бола Қарақалпақстан Республикасының аўыл мектеплеринде тәлим алып атырған оқыўшылар менен интерактив сабақларды өтиўден ибарат болды. Анығырағы, бул интерактив сабақты, музейдиң еки қәнийгеси үш ай даўамында қарақалпақ халық қол-өнери үлгилерин көрсетиўши экспонатлар жәрдеминде аўыл мектеп оқыўшылары қатнасында әмелге асырды. Буның нәтийжесинде аўыллық жерде жайласқан мектеп оқыўшылары қарақалпақ халық қол-өнери тарийхы, оның ҳәзирги күндеги аўҳалы ҳәм жетискенликлери менен жақыннан танысып, мектеп оқыўшыларында келешекте бул өнерди қәстерлеп сақлаў, оның жоқ болып кетиўиниң алдын алыў ҳәм оны раўажландырыў көнликпелери қәлиплестирилди.
 

Жас көркем-өнер таныўшы

Бул жойбар 2003-2004 ҳәм 2004-2005 оқыў жылы даўамында Британия кеңесиниң финанслық жәрдеми тийкарында әмелге асырылды. Жойбарда Нөкис қаласында жайласқан мектеплердиң жоқары класс (40 оқыўшы) оқыўшылары дүнья көркем-өнер тарийхын сондай ақ ондағы антик дәўирден тап ҳәзирги күнге шекемги болған көркем-өнер түрлерин музейимиз коллекциялары жәрдеминде жақыннан үйренди. Мектеп оқыўшыларының тарийих пенен туўрыдан туўыры болған сәўбети, яғыный олардың музейдеги ҳәр бир коллекцияны үйрениўи, музей иси ҳәм кәсби ҳаққында алған терең билимлери оларда күшли қызы¬¬ғыў оятты. Сондай ақ олар өзлери музейимизде көргизбелер шөлкемлестирип, өз-ара тәжрийбелер алмасты.

Халық әмелий қол өнерин қайта тиклеў

1998-1999-жылар даўамында музейимиз «Халық әмелий қол өнерин қайта тиклеў» деп аталған жойбарды әмелге асырды. Бул жойбар даўамында бес өнерментшилик устаханалары өз жумысын алып барды. Олар: қарақалпақ миллий кийимлерин тигиў, ағаш оймакерлиги, қарақалпақ миллий музыка әсбапларын соғыў, гилем тоқыў ҳәм қарақалпақ миллий қарүйин соғыў устаханалары болып табылады.  Жойбарда 20 қатнасыўшы оқытылып өз маманлығын асырды.  Ҳәзирде музейимиз экспозициясынан орын алған қарақалпақ миллий қарүйи усы жойбар шеңберинде ислеп шығылды. 2000-жылдан «Мәдений мийраслар» бирлеспесиниң «Гилем тоқымашылығы» жойбары  шеңберинде Нөкис қаласында экспрементал (сынаў) устаханасы өз искерлигин алып барды. Бул устаханада музейимиз художниги болған А.Шпадениң қарақалпақ орнаментлери тийкарында сызылған эскизлер сәўлеленген гилемлер ислеп шығылды. Жәми 22 түрдеги гилем ҳәм гилем өнимлери бул устахана тәрепинен ислеп шығылды. Бундай устаханалар Республикамыздың Шоманай ҳәм Кегейли районларында өз искерлигин алып барды.