Реставрация бөлими

Музейимиздиң реставрация бөлими музей көркем-өнер шығармаларын ҳәм экспонатларын сақлаўда ҳәмде оларды консервация қылыўда жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтанда музейимизде бул бөлим ҳәм оның искерлигин жәнеде турақлы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады. Музей администрациясы бул бөлимди ҳәр тәреплеме жетик қылыўға умытылыў нәтийжесинде реставрация бөлими музейимиздиң ең бир жетекши бөлимине айланған. Бул бөлимде ислеўшилердиң маманлығын асырыў, оларды музей тараўы реставрациясының соңғы жетискенликлери менен удайына таныстырып барыў мақсетинде музей администрациясы тәрепинен бир қанша тренинглер ҳәм мастер класслар шөлкемлестирилмекте.


Бөлим түрли реставрация ушын керекли болған материаллар ҳәм әсбап-үскенелер менен өз ўақтында тәмийнленип, бул бөлимге керекли болған жоқары техникалық жәрдем көрсетилмекте. Реставраторларға толық жумыс ислеў ҳәм оларға кең имканиятлар жаратып бериў, сондай ақ олардың машақатлы жумысларын жеңиллетиў мақсетинде көлеми жағынан жүдә үлкен (жаңа заманагөй үскенелер менен тәмийнленген) ҳәм жақты ханалар ажратылған. Музейимизде живопис, халық әмелий қол өнери, археология, ҳәм ағаштан исленген предметлерди реставрация қылыўшы реставраторлар  бар. Музейимизге деген айрықша ықласы ҳәм көркем-өнерди қәдирлеўши инсанлар ондағы реставрация бөлимине түрли жәрдемлер берип келмекте. Атап айтсақ Өзбекистандағы Франция, Германия ҳәм тағыда басқа мәмлекетлердиң елшиханалары музейимиз реставраторларының маманлығын асырыўға өзлериниң қәўендерлигин ҳәм көмеклерин берип келмекте.

Жоқарыда аты аталған елшихана ҳәм олардың ўәкиллери музейимиз реставрация бөлимине көплеген реставрация ушын жүдә керекли болған материалларды да (кенептен тоқылған материал, бояўлар, микалент қағазлар, компьютер, санлы фотоаппарат, принтер ҳәм сканер) жәрдем есабында берген. Сондай ақ музейимизге үлкен тәжрийбеге ийе сырт елли реставраторлар келип, өзлериниң тәжрийбелерин музей реставраторлары менен алмасып бул жердеги көркем-өнер буйымларын қайта оңлаўға көмек берип келмекте. Мысалыға 1996-жылда, Франциялы таўар буйымлары реставраторы П.Шевалье, 2002-жылда Россиялы анығырағы Санкт-Петербурглы Е.Г. Царева, 2004-жылда «Шегара билмеўши реставраторлар» шөлкеми ағзалары П. Политос, А.Муллинс, Л.Дюранд, Д.Миис, 2005-жылда усы шөлкемниң (ШБР) реставраторлары Б.Начева, Ю.Канчева, А.А. де Торе, А.Маняковска, И.Асенов, С.Минчев, 2008-жылда Франциялы реставратор Жеральдина Фрэ, 2009-жылда Германиялы живопис бойынша реставратор Корина Рутенберглердиң музейимизге келиўин айтсақ болады. Шынындада олар тәрепинен музей реставраторларына берилген тәжрийбелер, сондай ақ музейимиздеги айрым көркем-өнер шығармаларының қайта оңланыўы музей жәмәәти ҳәм көркем-өнерди қәдирлеўшилер ушын үлкен бахыт. Бул реставраторлар тәрепинен музейде сақланып атырған И.В.Савицкийдиң, А.Утегеновтың ҳәм тағыда басқа авторлардың мийнетлери қайта тикленди. 


Музейимиз ықласбенти мырза  Дэвид Пирс  бизиң музейимиз ҳаққындағы фильм презентациясы алдынан


Жойбар баслығы Грециялы Павлос Политис


Болгариялы реставраторлар Юанна Канчева (шепте)ҳәм Борислава Начева (оңда)


Болгариялы реставратор Илья Асенов


Болгариялы реставратор Сашо Минчев


Польшалы реставратор Анна Маняковска




Реставратор С. Минчев И.В.Савицкийдиң мийнетин ресаврация қылмақта






Болгариялы реставратор Илья Асенов Савицкийдин мийнетлерин реставрация қылмақта


Франциялы реставратор Жеральдина Фрэ


Германиялы реставратор Корин Рутенберг

Музейде ислеген ҳәм ислеп атырған реставраторлар


Музейимиздиң реставрация бөлими музейге тийкар салынған күннен, яғыный 1966-жылдан бери өз искерлигин даўам етирмекте. Биринши реставраторлар булар художниклер А.Квон ҳәм Э. Жолдасов болып, олар тийкарынан живопислерди қайта оңлаў менен шуғылланды. Олар өз ўақтында Россия Федерациясының Москва қаласында реставрация бойынша өз маманлығын арттырған. Бунан басқа сол дәўирдеги реставраторлар булар Буслов В (безениў буўымлары), Ж.Қуттымуратов (керамика буйымлары), Р. Ковалева (график), К. Бекимбетов(ағаш буўымлары), Р.Матчанов (живопис). Д.Самекеев (керамика буйымлары).  Музейимиз администрациясының қәўендерлиги ҳәм қоллап қуўатлаўы нәтийжесинде олардың бир қаншалары өз маманлығын дүньяға белгили болған Москвадағы Кремл музейи, Грабар Рафаэль атлы орайда ҳ.тб. жерлерде асырған. Музейимиздиң және бир белгили реставраторы Р.Байрамова 1991-жылға шекем музейде жемисли жумыс алып барған болса, және бир ресавраторымыз, музейимиз пидайысы А.А. Шпаде 1969-жылдан тап ҳәзирги күнге шекем реставрация менен шуғылланбақта. А.Шпаде дәслебинде халық әмелий көркем-өнери буйымларының, ал ҳәзир болса живописьлер реставрациясы менен бәнт болып, өз шәкиртлерине бул кәсип сырларын жалықпастан үйретпекте. З.Г.Константинова болса живопис бойынша жаратылған көркем-өнер картиналарына қайта жан берип, көп жыллық мийнет тәжрийбесин жаслар менен ортақласпақта. Бул инсанлар менен бир қатарда музейимизде басқада маман, өз исиниң устасы болған аға ҳәм жас реставраторларымызда бар олар Д.Самекеев, Г.Қабулбекова, Ғ. Бекимбетов, Р.Уразимбетовлар.

Музей реставрация бөлиминиң күнделикли жумысларынан көринислар


Реставратор З. Гасанова (оңда) ҳәм А.А. Шпаде (шепте)